Telegram Group Search
📆Súmbile ayınıń 21-sánesi
📍Nókis qalası 1-sanlı sport mektebi

🏵 "Bes baslama olimpiadası" sheńberinde kárxana hám shólkem xızmetkerleri arasında sporttıń ⚽️Kishi-futbol, “Shaxmat-⚪️shashka” hám “🏓Stol tennis” túrlerinen Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshı bolıp ótti

👆Jarısta Respublikamızdıń barlıq qala hám rayonlarınan kelgen komandalar jeńimpazlıq ushın bellesti

🤩Quwanıshlısı Moynaq rayonı atınan qatnasqan kárxana hám shólkem xızmetkerlerimiz múnásip qatnasıp sıylı orınlardı iyelewge miyassar boldı

🥈⚽️Kishi-futbol” Moynaq rayonı Milliy gvardiya xızmetkerleri komandası
🥈🏓Stol tennis” OOO ARTEMIYA SERVICE GROUP baslıǵı Uteshov Sanetulla

🏆Jeńimpazlar shólkemlestiriwshiler tárepinen diplom hám estelik sawǵalar menen sıylıqlandı, sol qatarda bizde jeńimpazlar qatarında sıylı orın iyelegen kárxana hám shólkem xızmetkerlerimizdi shın-júrekten qutlıqlaymız

✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
Telegram | Instagram
11👏5👍4🔥3🥰2🤯1🤩1
📍Ferǵana wálayatı
🏵Sport mektepleri futbol ligası. Ózbekstan kubogı

🔥U-13 (2012-jıllar)
📌1-tur

SÍRDÁRYA 2:1 QQR
🤩Qaraqalpaqstan U-13 saylandı komandasında rayonımız jas futbolshısı Qadirbaev Uluǵbek top súrmekte, jas futbolshımızǵa keyingi oyınlarına áwmetler tilep qalamız

✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
Telegram | Instagram
7👍5🤩4🔥3🥰3👏1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#таңғы_тилек
🌺 Күниңиз — жақсылық пенен басланып, үйлериңизге тынышлық ҳәм береке алып келсин!

🌺 Шаңарағыңызды бахыт, әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин!

🤲 Бүгинги күниңиз нийет еткениңизден де абзал ҳәм пайызлы өтсин!

ЖУМА КҮНИҢИЗ МҮБӘРЕК БОЛСЫН!
❗️
Жақынларыңызға жиберип қойың

✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
Telegram | Instagram
4🔥1
📆Сүмбиле айының 22-сәнеси
📌Күн ҳаққында

📖 Ўақыялар

1865-жылы суйық сабын патентленди;
1997-жылы Бухара нефтти қайта ислеў заводы иске түсирилди
❗️
Жақынларыңызға жиберип қойың

✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
Telegram | Instagram
2👍1🔥1
Организм ушын қайсы өнимлер пайдалы?

1⃣ Көз ушын: Гешир, асқабақ ҳәм капуста.
2⃣ Мий искерлиги ушын: Ғоза, балық, мәйек ҳәм шоколад.
3⃣ Баўыр ушын: Ләблеби, банан, творог.
4⃣ Жүрек ушын: Анар, замаррық, алма, кишмиш ҳәм қақ ерик
❗️
Жақынларыңызға жиберип қойың

✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
Telegram | Instagram
👍4🔥4🤩31🥰1👏1🤗1
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
🏵️Ǵárezsizligimizdiń 34 jıllıǵı qarsańında - "Abat hám payızlı máhálle-jurt kórki!" súreni sheńberinde shembilik shólkemlestirildi.

👆Ilajda mámleketlik hám jámiyetlik shólkemlerdiń xızmetkerleri, máhálle belsendileri, jaslar hám nuraniylar birgelikte qatnaspaqta.

✍️Moynaq sportı málimleme xızmeti!
Telegram | Instagram
6👍4🔥3🤩3👏2😍1
📆Сүмбиле айының 22-сәнеси
📍Нөкис қаласы 2-санлы спорт мектеби

🏵️Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен улыўма билим бериў мектеп дене тәрбиясы пәни оқытыўшылары арасында “Әҳмийетли 90 күн” жойбары шеңберинде спорт жарыслары болып өтти

🤩Қуўанышлысы районымыз атынан қатнасқан Қәнигелестирилген мектеп дене тәрбия пәни оқытыўшымыз Клишбаев Нурлыбай спорттың “🏓Стол теннис” түринен жеңимпаз болыўға мияссар болды

🏆Жеңимпаз болған устазымыздың жетискенлиги менен шын-жүректен қутлықлаймыз, кейинги Өзбекстан басқышында әўметлер яр болыўын тилеп қаламыз

✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
Telegram | Instagram
16👍11🤩5🔥4🥰2👏2😍2👀1🤗1
📆Сүмбиле айының 21-22-сәнелери
📍Нөкис қаласы

🏵️”Жаңа Өзбекстан Олимпия шыңлары” спорт жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы спорттың “🥋Дзюдо” түринен болып өтти

🤩Қуўанышлысы районымыз атынан қатнасқан жас дзюдошыларымыз мүнәсип қатнасып сыйлы орынларды ийелеўге мияссар болды

🥈Қалбаев Арыслан 73кг
🥉Наўрызбаев Аббаз -81кг
🥉Бахтигалиев Ерслан -90кг
🏆Сыйлы орын ийелеген жас дзюдошыларымызды шын-жүректен қутлықлаймыз, таярлаған тренер устазларына үлкен рахметлер айтып, машақатлы кәсибине табыслар тилеп қаламыз

✍️Мойнақ спорты мәлимлеме хызмети!
Telegram | Instagram
9👍5🥰5👏5🔥3🤩1😍1
2025/08/23 15:14:14
Back to Top
HTML Embed Code: