Telegram Group & Telegram Channel
Қыңыр ҳәм өжет бала менен қалай ислесиў керек?

Балаға дурыс-надурыс, жақсы-жаманды түсиндириў ата-аналардың ең биринши ўазыйпасы есапланады. Ал, баланың урысқақ ҳәм өжет болып қалыўы ата-ана ушын машқалалы жағдай болыўы мүмкин.

Балалар агрессивлиги – ишки руўхый тынышсызлық, негатив сезим-туйғылар жыйындысы деп баҳаланады. Бундай балалар теңлеслери менен шығыса алмайды, олар менен тез-тез урысады, ойыншықларды бузып таслайды. Буның менен ол анасының ямаса басқалардың итибарын қаратажақ болады. Олар итибарды тартыў ушын биле тура әстен кийинеди, ойыншықларын жыйнастырмайды, жақсы сөйлемегениңизше гәпке кирмейди.

Өмиримизде жаман сезим-туйғыларды келтирип шығаратуғын, адамды мийримсиз, ашыўшақ, қанқызба етип қоятуғын жағдайлар көп ушырайды. Балалар болса әтираптағылардың кейпиятын тез илип алады. Сол себепли, ата-аналар перзентлери алдында жаман нәрселерди додаламаўы, өз-ара урыспаўы, апатлы ямаса қорқынышлы көрсетиў ҳәм фильмлерди көрмеўи тийис.

Перзентиңизде сондай минез-қулқты бақласаңыз айыпты тек өзиңизден излең. Бундай минез-қулқтың себеби: шаңарақтағы саламат емес орталық есапланады. Бул минез-қулқты дүзетиў ушын ең дәслеп шаңарақлық мүнәсибетлерди тәртипке салың.

Егер балаңыз қыңыр ҳәм урысқақ болса, төмендеги ойынлар жәрдеминде де оның минез-қулқын унамлы тәрепке өзгертиўиңиз мүмкин.

Шаңды қағамыз (4 жаслы бала ушын)
Ҳәр бир балаға биреўдан дастық бериледи. Балалар оны шаңын қағып атырғандай урыўы керек. Шынығыўдың пайдалы тәрепи сонда, бала өзиндеги жаман энергияны ҳәр бир соққы да, күш арқалы шығарып жибереди.

Минараны қулатыў (5 жаслы бала ушын)
Дастықлардан онша бәлент болмаған минара қурың. Ҳәр бир қатнасыўшының тийкарғы мақсети – бул минараға бар күши менен секириў, қуўанғанын бар даўысы менен билдириў. Дастықларды қулатып жибермеген ҳалда, минараны ийелеген қатнасыўшы жеңимпаз есапланады. Әлбетте, ҳәр бир қатнасыўшы жеңгенинде шийрин сөз бенен хошаметленеди.

Бул ойынлардағы тийкарғы мақсет баладағы агрессив ҳәм қыңыр кейпиятты күш ҳәм ҳәрекет пенен шығарып таслаўға итибар қаратылған. Егер перзентиңиздиң келешекте кәмил инсан болып ер жетиўин қәлесеңиз, оның ишки энергиясын унамлы пазыйлетлер қәлиплесиўине бағдарлаң.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍8👌21🔥1🗿1

group-telegram.com/perzent_psixologiyasi/78
Create:
Last Update:

BY Бала психологиясы

Warning: Undefined variable $i in /var/www/group-telegram/post.php on line 260

Share with your friend now:
group-telegram.com/perzent_psixologiyasi/78

View MORE
Open in Telegram

Telegram | DID YOU KNOW?

Date: |

Ukrainian forces have since put up a strong resistance to the Russian troops amid the war that has left hundreds of Ukrainian civilians, including children, dead, according to the United Nations. Ukrainian and international officials have accused Russia of targeting civilian populations with shelling and bombardments. However, the perpetrators of such frauds are now adopting new methods and technologies to defraud the investors. And indeed, volatility has been a hallmark of the market environment so far in 2022, with the S&P 500 still down more than 10% for the year-to-date after first sliding into a correction last month. The CBOE Volatility Index, or VIX, has held at a lofty level of more than 30. "He has kind of an old-school cyber-libertarian world view where technology is there to set you free," Maréchal said. For Oleksandra Tsekhanovska, head of the Hybrid Warfare Analytical Group at the Kyiv-based Ukraine Crisis Media Center, the effects are both near- and far-reaching.
from us

Telegram Бала психологиясы
FROM American