Telegram Group Search
ЖАҢА ОҚЫЎ ЖЫЛЫ БАСЛАНДЫ

Бүгин елимиздиң барлық билимлендириў шөлкемлеринде жаңа – 2025-2026-оқыў жылы басланды. Соның ишинде улыўма орта билим бериў мектеплери де дәслепки оқыў жылының қоңыраўын қағып, оқыўды баслап жиберди.
"Қаратерең" мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан  12-санлы орта мектеп жәмәәтинде  жаңа оқыў жылының басланыўына бағышлап салтанатлы жыйналыс өткерилди ҳәм онда қутлықлаў сөзлерден соң  1-класс оқыўшылары ушын арнаўлы Президент саўғасы болған оқыў қураллары тапсырылды. Мектепте 191 оқыўшы билим алып атырған болса, соннан 12 оқыўшы мектепке дәслепки қәдемлерин таслап атыр.


Ағза болың:
https://www.group-telegram.com/taxta_tani.com
👍2
Дәслепки қоңыраў қағылды

Ана мектеп, әдиўли устазлар, сағынышлы демлер, дәслепки қәдем...
Булардың бәри әйне бүгин кеўиллерден жай алған күн. Ана диярға асықтырған күн, сағынысып көрискен мәўритлер. Перзенти биринши рет мектепке қәдем қойғанына қуўанышы қойнына сыймай сүйсинген ата-аналар. Қулласы, көпшилик ушын бүгин байрам.
2-санлы орта билим бериў жәмәәти де бүгин байрам қушағында.
Жаңа күн, жаңа қәдемлер, жаңа оқыў жылы қутлы мүбәрек болсын! Елиңиз Сиз устазлардан келешекти қурыўшыларды, зиялы әўладты, жаңа заман азаматлары менен азаматшаларын күтеди. Быйыл қәдем қойып атырған 96 оқыўшының келешек тәғдири де сизлерге исенип тапсырылған. Машақатлы мийнетлериңизде таўылмас күш-жигер тилеймиз, әзийз устазлар!


Ағза болың:
https://www.group-telegram.com/taxta_tani.com
2👍1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бул күн усындай қызықлары менен де есте қалады...😍

Ағза болың:
https://www.group-telegram.com/taxta_tani.com
😁4
Watan ushın, millet ushın, xalıq ushın!" súreni astında jańa oqıw jılı baslandı

Búgin Taxtakópir rayonındaǵı Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bólimine qaraslı ulıwma orta bilim beriw mekteplerinde "Bilimler kúni" keńnen belgilenip, jańa oqıw jılınıń birinshi qońırawları qaǵıldı.

Usı múnásibet penen rayondaǵı 5-sanlı ulıwma orta bilim beriw mektebinde qos bayram bolıp ótti. Sebebi usı jıldıń birinshi yarımında "Baslamalı byudjet" joybarı sheńberinde bul mektep aymaǵında jabıq túrdegi barlıq qolaylıqlarǵa iye kishi futbol maydanı, sonday-aq, ashıq voleybol hám basketbol maydanshaları qurılǵan edi. Búgin usı sport obektiniń saltanatlı ashılıw máresimi de ótkerildi.

Ilajda rayon hákimi J.Adilov qatnasıp, jıynalǵanlardı eń ullı hám eń áziz bayram - Ǵárezsizligimizdiń 34 jıllıǵı, jańa oqıw jılınıń baslanıwı hám sport obektiniń ashılıwı menen qutlıqladı.

Ilaj dawamında bilimlendiriw tarawındaǵı hár qıylı tańlawlar hám sport jarıslarında belsene qatnasıp kiyatırǵan mektep oqıwshıları, olardıń ata-anaları, ustazları hám sport obektiniń qurılıs jumısların ámelge asırǵan "Profil-Taxiatosh" JShJ qurılısshılarına rayon hákimliginiń minnetdarshılıq xatı, sonday-aq, birinshi klassqa qádem qoyıp atırǵan oqıwshılarǵa Prezident sawǵaları saltanatlı túrde tapsırıldı.


Taxtakópir rayonı hákimliginiń málimleme xızmeti

Aǵza bolıń:
https://www.group-telegram.com/taxta_tani.com
👍3
2025/09/02 18:55:24
Back to Top
HTML Embed Code: