group-telegram.com/xaliq_ushin/2618
Last Update:
⚡️Пуқараның пластигинде қалған 525 000 сум пулын қарыздарлықты өндириў ушын шешип алыў қадаған етилди
✅ Президенттиң 03.01.2024-жылдағы ПП–1-санлы Пәрманы менен 2024-жыл 1-майдан баслап пуқаралардан қарыздарлығы ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дәрамат муғдары мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 50% (ҳәзирги күнде 525 000 сум) етип белгиленди.
❗️Пәрманға көре, егер пуқараның банк есап бетинде яки банк пластик картасынде 525000 ҳәм оннан аз пул қалған болса, оннан орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлықты өндириў қадаған етилди.
☝️Яғный, қарызы бар пуқараның пластик картасында ямаса банктағы есап бетинде 1 млн сум пулы болса, Мәжбүрий орынлаў бюросы сол пулдың тек 475 мың сумын қарызы ушын өндирип алыўы мүмкин, қалған 525 мың сумды шешип алыўға ҳақылы емес.
🗓 Бул қағыйда 2024-жыл 1-майдан баслап күшке киреди.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
📨 Юристке сораў бериў
Каналға ағза болың
👉@Xaliq_ushin👈🏻
BY XALÍQ USHÍN ⚖️
Warning: Undefined variable $i in /var/www/group-telegram/post.php on line 260
Share with your friend now:
group-telegram.com/xaliq_ushin/2618