group-telegram.com/bala_psixologiyasi/180
Last Update:
1. Дөретиўшилик орталығын жаратың
Балаға дөретиўшилик пенен шуғылланыў ушын орталық жаратып бериң. Мысалы, ханада бояўлар, қәлемлер, қағазлар, пластилин яки басқа дөретиўшилик ушын керекли болған қураллар жайластырылған мүйешти ажыратып бериң.
2. Сайлаў еркинлигин хошаметлең
Бала не менен шуғылланыўын өзи сайлаўына имкан бериң. Бул оның шешим қабыл етиўде өзине исениминиң ҳәм бийғәрездигин раўажландырыўға жәрдем береди.
3. Қәтелесиўден қорқытпаң
Балаға қәтелесиў үйрениў ҳәм дөретиўшиликтиң бир бөлеги екенлигин түсиндириң. Таза бир нәрсе менен шуғылланып баслаўын ҳәм тәслим болмаўын хошаметлең.
4. Қызығыўшылықларын қоллап-қуўатлаң
Егер балаңыздың бир нәрсеге қызығыўшылығы бар болса, соны қоллап-қуўатлаң. Сиз оның умтылыўларын ҳәм дөретиўшилик қәбилетин қәдирлеўиңизди көрсетиң.
5. «Мийге ҳүжимлер»ди ислеп турың
Берилген ўазыйпа яки шынығыўдың үстинде бас қатырыў баланың «нестандарт» пикирлеўине ҳәм таза шешимлер қабыллаўына жәрдем береди.
6. Биргеликте оқың
Китаплар балалар ушын дөретиўшиликке ашылыўына жәрдем бериўши ең жақсы дерек. Олар фантазияны кеңейтеди ҳәм кеңирек пикирлеўди раўажландырады.
7. Стол ойынларын ойнаң
Стол ойынлары стратегиялық ойлаўды ҳәм шешим қабыл етиў көнликпесин раўажландырады.
8. Саяхат етиң
Жаңа орынлар ҳәм мәдениятлар пикирлеўди кеңейтеди ҳәм креатив пикирлеўди хошаметлейди.
9. Баланы рефлексияға үйретиң
Биргеликте оның пикирлерин ҳәм шешимлерин додалаң, қайсысы дурыс қайсысын еледе жақсылаўға болыўын анализлеўге жәрдем бериң.
10. Үлги болың
Өзиңиздиң креатив пикирлеўиңизди ҳәм мәселелерди шеше алыў қәбилетиңизди көрсетиң.
☝️Ядыңызда болсын, ҳәр бир бала өзине тән шахс ҳәм оның сол өзине тәнлигин қоллап-қуўатлаў керек. Сабырлы болың ҳәм оның креатив пикирлеў көнликпелериниң раўажланыўы ушын оған ўақыт ҳәм итибар бериң.✨
Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың