group-telegram.com/shanaraq_orayi/1517
Last Update:
Сократқа ҳаял ҳәм оның үш баласына ана болған Ксантиппа жүдә биймәни ҳаял болған.
Ол бәрқулла күйеўин бийкаршылықта айыплаған, жәнжел шығарыўға урынған, ҳәтте күйеўине қол көтериўге шекем барған...
Сократ тили өткирлигине қарамастан, ҳәмийше ҳаялына мүләйим болған.
Дослары Сократтан неге бундай қатынға шыдап жасаўы, қайта тәрбиялап ямаса қуўып жибермеўиниң себебин сорайды екен.
Данышпан Сократ жуўап берип атырып:
- Жақсы шабандоз болмақшы болған адам өзине жайдақ атты емес, ал асаў тулпарды таңлайды. Мен де ҳаялыма егер оның менен жасай алсам, демек қәлеген адам менен келисе аламан деген пикирде үйленгенмен.
Ашыўлы Ксантиппадан кейин философияда ҳеш бир қарсылас оған қорқынышлы болмаған. Ҳәтте усындай турақлы унамсыз тәжирийбеден де Сократ өз үстинде ислеў ушын пайдаланған. Яғный ҳәзиргилердиң тили менен айтқанда мотивация алған.
П/С: Айтыў орынлы, Сократ ҳақ!
Мотивация алыўды жақсы көретуғын танысларыңызға жиберип қойың
Дерек: @adillikadvokati
@shanaraq_orayi🪐
BY “Шаңарақ” орайы

Share with your friend now:
group-telegram.com/shanaraq_orayi/1517