Бүгин 2025-жыл 1-июль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Қ.Заретдиновтың "Назлымхан Сулыў" балетиниң премьерасы болып өтти. Либретто авторы - Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен, Қарақалпақстан халық артисти З.Нурымбетов есапланады. Бул әҳмийетли мәдений иләжға Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев, кең жәмийетшилик ўәкиллери, нураныйлар ҳәм белсендилер қатнасты. Көп әсирлик тарийхымыз - "Миздақхан" комплексиндеги ең әжайып бийбаҳа мийрасымыз, теңсиз гәўҳарымыз ҳәм минсиз мақтанышымыз болған "Назлымхан сулыў" балети күтә шеберлик пенен атқарылды. Иләж даўамында район ҳәкими Ж.Ермашев театр жәмәәтине өзиниң шексиз миннетдаршылығын билдирип, бундай көркем шығармалар миллий қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, туризм тараўын еледе раўажладырыў ҳәм жаслардың мәдениятқа деген меҳирин оятыўда әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти. Тамашагөйлер балетти жоқары баҳалап, өзлеринди жақсы тәсирлер қалдырды.
❤2👍1🔥1
group-telegram.com/xojeli_qanigelestirilgenmektep/6716
Create:
Last Update:

BY XOJELI QÁNIGELESTIRILGEN MEKTEBI

Share with your friend now: