Telegram Group & Telegram Channel
Сырт елде жумыс ислеп жүргенлердиң шаңарақ ағзаларына қандай жәрдемлер бериледи?

Президенттиң 2022-жыл 1-марттағы ПП–149-санлы Пәрманына муўапық, ҳәр жылы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы қаржылары есабынан:

✔️бағыўшысы сырт елге жумыс ислеўге кеткен ҳәм «Социаллық қорғаў бирден бир реестри»не киргизилген шаңарақларға БЕМның 2 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи (БЕМ - 330 000 сум);

✔️сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың «Социаллық қорғаў бирден бир реестри»не ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген, майыплығы болған шаңарақ ағзаларына дәрилер, майыплық арбалары, еситиў аппаратларын ҳәм ортопедиялық өнимлерди сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

✔️сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың Өзбекстанда олар менен бирге жасаўшы пенсия жасына жеткен ямаса I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына тийисли санаторий ҳәм профилактикалық емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жоллама бериў;

✔️«Социаллық қорғаў бирден бир реестри»не ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың балаларына лагерлерге бийпул жолламалар бериў.

📇 Бул материаллық жәрдемлер ҳәм емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жолламаларды алыў ушын усыныслар – ҳәким жәрдемшиси тәрепинен, ал лагерлерге жоллама алыў ушын усыныслар – жаслар жетекшиси тәрепинен бериледи.

🟠 Бул материаллық жәрдемлерди ҳәм жолламаларды алыўға арза бериў ушын төмендеги шәртлер белгиленген:

🔸сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралар «Labor migration» бағдарламалық комплексинде дизимнен өткен болыўы;

🔸арзаларды Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлигине «Labor migration» бағдарламалық комплекси арқалы электрон түрде бериў керек.

➡️ Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлиги арзаларды 5 күн ишинде қарап шығып, ҳәр айдың 25-сәнесине шекем жәрдем алыўшы пуқаралардың дизимин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына береди.

✍️ Каналдан мағлыўмат көширилгенде канал мәнзилин көрсетиң!

Ағза болың: 👉 @Xaliq_ushin
👍18

group-telegram.com/xaliq_ushin/2096
Create:
Last Update:

BY XALÍQ USHÍN ⚖️

Warning: Undefined variable $i in /var/www/group-telegram/post.php on line 260

Share with your friend now:
group-telegram.com/xaliq_ushin/2096

View MORE
Open in Telegram

Telegram | DID YOU KNOW?

Date: |

Soloviev also promoted the channel in a post he shared on his own Telegram, which has 580,000 followers. The post recommended his viewers subscribe to "War on Fakes" in a time of fake news. "The result is on this photo: fiery 'greetings' to the invaders," the Security Service of Ukraine wrote alongside a photo showing several military vehicles among plumes of black smoke. The company maintains that it cannot act against individual or group chats, which are “private amongst their participants,” but it will respond to requests in relation to sticker sets, channels and bots which are publicly available. During the invasion of Ukraine, Pavel Durov has wrestled with this issue a lot more prominently than he has before. Channels like Donbass Insider and Bellum Acta, as reported by Foreign Policy, started pumping out pro-Russian propaganda as the invasion began. So much so that the Ukrainian National Security and Defense Council issued a statement labeling which accounts are Russian-backed. Ukrainian officials, in potential violation of the Geneva Convention, have shared imagery of dead and captured Russian soldiers on the platform. And indeed, volatility has been a hallmark of the market environment so far in 2022, with the S&P 500 still down more than 10% for the year-to-date after first sliding into a correction last month. The CBOE Volatility Index, or VIX, has held at a lofty level of more than 30. "He has kind of an old-school cyber-libertarian world view where technology is there to set you free," Maréchal said.
from pl

Telegram XALÍQ USHÍN ⚖️
FROM American