group-telegram.com/paziyletuz/43176
Last Update:
21. Зикир себепли тынышлық ҳәм мийрим нәзил болады.
22. Зикир мәжилислери периштелердиң мәжилиси.
23. Ол зикир етиўшини де, оның сәўбетлесин де бахытлы қылады.
24. Ол бендени қыямет күниниң ҳәсиретинен аман қылады.
25. Зикир себепли Аллаҳ таала зикир етиўшиге басқа сораўшыларға беретуғын сыйлықлардан көре абзалын береди.
26. Зикир – ең аңсат, абзал ҳәм уллы ибадат.
27. Зикир – жәннеттиң егини.
28. Зикир ушын ўәде етилген сыйлық ҳәм кеңшилик басқа әмеллерге ўәде етилмеген.
29. Рәббимизди даўамлы рәўиште зикир етиў бендениң еки дүньядағы бахытсызлығына себеп болатуғын умытылыўынан аман сақлайды.
30. Зикир зикир етиўши ушын бул дүньяда ҳәм қәбирде нур болады.
31. Ол қәлбти ғәплет уйқысынан ҳәм мүлгиўинен оятады.
32. Зикир тереги мәрипат мийўелерин береди.
33. Зикир етиўши өзи зикир еткен Аллаҳға жақын болады. Бул жақынлық муҳаббат, жәрдем, туўры жол ҳәм дослық пенен болады.
34. Зикир қул азат етиў ҳәм напақалар бериўге тең ибадат.
35. Ол – шүкирдиң басы. Ким Аллаҳты зикир етпесе, Оған шүкир қылмаған болады.
36. Қәлбте бир кеселлик болса, оны Аллаҳ тааланың зикиринен басқа нәрсе кетире алмайды.
37. Зикир неъматларды шақырады ҳәм бәле-апатларды жоқ етеди.
38. Ол зикир етиўшиге Аллаҳ тааланың ҳәм периштелердиң салаўат айтыўына себепши болады.
39. Аллаҳ таала зикир етиўшилер менен Өз периштелерине мақтанады.
Даўамы бар...
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!