Telegram Group Search
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Мына қыз китаптағы мәселени көрип, оны шешиўден көре китаптан қутылыўды мақул көрди. 😄

☝️Гейде мәселени қурамаластырмай, аңсат жолын табыўда балалар үлкенлерге жақсы өрнек болады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
😁12👍32
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
☘️Балалардың епшиллигин ҳәм зийреклигин арттырыўшы үй шараятында ислеўге болатуғын ойынлар

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍9
❗️Перзентиңиздиң сүўретлерин Интернетке жайластырмаң!

👤Батыс қәнигелериниң пикиринше, “шерентинг” ҳәдийсеси, яғный ата-аналар өзлериниң перзентлериниң сүўретлерин ҳәм видеоларын Интернетке тез-тезден жайластырып барыўы балаларға үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин.

▫️Бириншиден, оның қәўипли тәреплериниң бири балалардың фото яки видеолары келешекте олардың өзлерине қарсы қолланылыўы мүмкин.

Мысал ушын, перзентиңиз үлкейип сиясий лаўазымларға көтерилгенде оның күлкили фотолары яки видеолары күтилмегенде социаллық тармақларда пайда болып қалыўы мүмкин.

▫️Екиншиден, перзентлериңиздиң бахытлы ҳәм қуўанышлы демлери түсирилген сүўретдер жынаятшылардың итибарын тартыўы мүмкин.

▫️Үшиншиден, перзентлериңиздиң сүўретлери “урланып” жаман нийетли адамлар (педофиллар) ушын арналған каналларға жайластырылыўы мүмкин, бул болса оларды сондай адамлардың потенциал “жәбирлениўшисине” айландырыўы мүмкин.

▫️Төртиншиден, перзентлериңиз ҳаққындағы қосымша жеке мағлыўматлар алдаўшылар ушын жақсы “дузақ” ўазыйпасын атқарыўы мүмкин.

▫️Бесиншиден, бала балалығынан басқалардың итибарын қаратыў ушын сүўретке түсип үйренсе, келешекте ол бәрқулла басқалардың итибары ҳәм тән алыўына мүтәж болып өседи.

☝️Соны ядыңызда сақлаң, ҳәттеки жеке аккаунт (профил) де толық қәўипсиз емес, оны да бузып кириўге болады.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍5🤔43💯3😱1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Баланы ғәрезсизликке үйретиў ең керекли тәрбия

Сиз де перзентиңизди усыған уқсаған усыллар менен өз бетинше қарар қабыллаўға үйретип атырсыз ба?

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
11👍1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🤱🏻Бала ушын Ананың сүти ең жақсы тәбийий иммунитетти беккемлеўши ҳәм микробларға қарсы гүресиўши азық

Видеода ананың сүти зыянлы микробларды 10 минуттың ишинде жоқ қылғаны көрсетилген.

Соның ушын нәресте илажы барынша көбирек ана сүти менен азықланғаны дурыс.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍97
Бала не ушын ата-анасының айтқанын қылмайды?

Неге бала айтқанды қылмайды? Бул жағдайды келтирип шығарыўшы ең көп ушырасатуғын 5 себеп ҳаққында тоқталып өтемиз.

1. Сиз сораған нәрсени ислеўди қәлемейди. Бала да басқа үлкен адамлар сыяқлы сезимлерге, пикирлерге, мүтәжликлерге, қәлеўлерге ийе. Ол робот ҳәм солдат емес ҳәр дайым сизиң айтқаныңызды қылаберетуғын. Қәлемейди – болғаны. Буның оған қызық емес, зериктиретуғын, түсинбейтуғын, еринип кететуғын яки басқа себеплери болыўы мүмкин.

2. Сораған нәрсеге емес ал гәпиңиздиң тонына қарсылық көрсетеди. Арасында биз өзимиз сезбеген ҳалда балаларымыздан буйрық ҳәм «яқ» деген жуўапты қабыл етпейтуғын тонында бир нәрсени ислеўди сораймыз. Олар буған жуўап ретинде протест билдирип, өзлерин бундай қатнасықтан қорағайды.

3. Балаңыз бенен араңызда жыллылық ҳәм түсинисиў сезимлери жетиспейди. Егер араңызда жақсы эмоционаллық қатнасық болса, бала айтқанларыңызды булжытпай ислейди, ҳәттеки өзине унамаса да. Алдын жақсы қатнасық кейин айтқанды ислеў.

4. Баланың тапсырманы еле сиз күткендей етип орынлаўға ҳәм нәтийжени көрсетиўге уқыбы жоқ. Баланың еле айырым көнликпелери ҳәм билими жеткиликли болмағаны ушын оған тапсырманы түсиниў, оны орынлаў қыйын болыўы, сизиң күткениңиз еле реал жағдай менен сәйкес келмеўи мүмкин.

5. Бала не қәлесе сол болыўына үйренген. Ата-анаға балаға үйретиўге, қызықтырыўға тәжирийбе, төзим, қатаң пикир ҳәм избе излик жетиспейди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
👍5
💖 Бахытлы болыў ушын

🪽 қолларыңызды – ис пенен,
❤️қәлбиңизди - мухаббат пенен,
📈санаңызды - мақсет пенен,
📚ақылыңызды - пайдалы билимлер менен,
🤍 келешекти- үмит пенен толдырың!

©️Жалалиддин Румий

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың
⭐️ @perzent_psixologiyasi
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
12👍5🕊3😍2🥰1
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Неге балалар папасын яки мамасын көргенде жылап жибереди?

Психологтың түсиндириўинше, бала оның ең жақын адамлары папасы ҳәм мамасын өзиниң қорғаўшылары деп биледи, олардың қасында өзин қәўипсиз сезеди. Соның ушын бала ата-анасын көргенде өзин тыйып тура алмай жылап жибереди.

Ал бала бағшада ямаса мектепте яки ата-анасынан басқа жерде болғанда өзлерин тыйып күшли болыўға ҳәрекет етип, жыламай, тәрбияшының (муғаллимниң) айтқанын қылып жүреди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍11
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
☝️Балаларға аяқ кийим алыўда пайдалы “лайф хак”

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍5
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Бала тығылып қалғанда не ислеў керек?

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍6
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Ул балаға керегинен артық ғамхорлық етиў оны күшсиз етип таслайды

Ол машқалаларын өзи шешип үйрениўи керек - сонда келешекте өзине исенген, күшли ҳәм еркин инсан болып жетилиседи.

☝️Бул ең әпиўайы процесслерден басланады. Мысалы, сәл аяғының ушында турса қолы жететуғын жерден затты өзине алдырыў, төсегин өзине жыйнатыў, ойыншықлары менен ойнап болғаннан кейин орынларына тақтайлатыў, дослары менен конфликтте яки биреўден бир нәрсени сораўда қыйналғанда жол жоба көрсетип қыйын жағдайдан өзи шығыўына имкан бериў ҳ.т.б.

🔔 Бул видеоны ул перзенти бар ўатанласларымызға жиберип қойың.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍9
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
☝️Қытайдағы бағша режими

П/с: Қарақалпақстанда усындай бағша ашылса ата-аналар балаларын бериўге гезекке туратуғын шығар

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍14
⚡️Кеселликлерди шақыратуғын сөзлер

❗️Носсрат Пезешкиан биринши болып, анық қандай сөзлер адамда кеселликти келтирип шығаратуғынын дәлиллеген.

1. Барлығы мениң мойнымда - остеохондроз;
2. Ҳәммеси жаныма тийди - онкологиялық кеселликлер;
3. Жүрегиме қатты алдым - жүрек инфаркти;
4. Маған машқалалар бас аўырыўы болды - мигрень;
5. Қанымды ишти - қан кеселликлери;
6. Сабыр кесем толды - гипертония;
7. Еситиўди қәлемеймен, өш - гереңлик;
8. Нервимди сынама - депрессия;
9. Өмиримде қуўаныш жоқ - баўыр, өт қалта кеселликлери, семириў;
10. Өзин-өзи жеў, басқалардың исин қабыл ете алмаў - жара кеселликлери;
11. Өлердей шаршадым - урологиялық кеселликлер раўажланыўын дәлиллеген.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍6
Бала үлкенлер сөйлескенде қосылып сөйлегенде не қылыў керек?

Перзентлер ата-анасы, яки үйиндеги үлкенлер өз-ара сөйлесип атырғанда қосылып сөйлеў, сораў бериў сыяқлы жағдай көпшиликке таныс шығар.

Бундай жағдайларда көпшилигимиз ашыў менен “аўзыңды жумып тур”, “қосылып сөйлеме”, “тоқтап тур, сөйлесип атырмыз” деп балаға бақырамыз.

Бул жағдайда баланың ишинен нелер өтеди?

Бала үлкенлерге қосылып сөйлеп атырған болса, демек ол өзиниң бар екенлигин көрсетпекши болады, ол да үлкенлер менен сөйлесиўге, пикирин айтыўға, сораў бериўге мүтәжлиги бар екенлигин билдиргиси келеди.

Көбинесе буның себеби ата-ананың балалары менен жетерли дәрежеде сөйлеспей атырғанында болады.

Балалар ишеди, жейди, ойнайды, уйқлайды, телефон яки компьютер көреди - болды сөйтип өсебереди деп ойлайды айырым ата-аналар.

Бирақ балалар да басқа үлкенлер сыяқлы сөйлесиўге, оны басқалар тыңлаўына мүтәжлик сезеди. Жәмийетке араласыў мине соннан басланады.

Сонлықтан, ата-аналарға кеңесимиз - балаңыз сөйлегенде, сораў бергенде итибарыңызды аямаң, дыққат пенен тыңлап сораўына толық жуўап бериң, ислеген жумысын көрсетип атырған болса - мақтаң!

Балаңыз сөйлеп, пикирлеп атырған болса, шүкирлик етип қәдирине жетиң, айырым ата-аналар баласының бир сөз айытыўын жыллап күтип жүр!

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍14
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
☝️Балалар кишкене психологлар - ата-анасын қалай “еритиўди” биледи 😁

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍9😁3
Балалар иммунитетин көтериў бойынша усыныслар

☝️Бала иммунитетиниң төменлеўи оның тез-тез аўырыўына себеп болады. Бундай ўақытта жас аналар перзентиниң иммунитетин көтериўге айрықша итибар бериўи тийис. Буның ушын жас аналарға төмендегилер усыныс етиледи:

✔️Баланың аўқатланыў рационын қайтадан көрип шығыў тийис. Имканы барынша аўқат рационын мийўе-палыз бенен байытыў әҳмийетли. Бундай ўақытта балаға чипслер, газли ишимликлер ҳәм басқа түрдеги зыянлы азық-аўқат өнимлери берилмейди.

✔️Бала организми ушын суйықлық жүдә әҳмийетли. Денеде суў муғдарының жетерли болмаўы оның қорғаныў системасына зыян жеткереди. Бул болса биринши гезекте баланың тери қабатына тәсир етеди. Суйықлықтың жетерли болмаўы қан қәсийетлерине де өз «өнерин» көрсетеди. Соның ушын балаға мийўе ҳәм палызлардан таярланған тәбийий компотлар ҳәм дәрили шөпли демлемелер берип турыў тийис.

✔️Витаминлер. Шыпакер қадағалаўында балаға витамин ҳәм минерал, соның менен бирге, иммунитетти көтериўши препаратлар буйырылады. Ҳәм, ең мақулы, тәбийий мийўе ҳәм палызларды жетерли муғдарда берген мақул.

✔️Уйқы. Баланың толық дем алыўына да итибар бериў керек. Уйқының нормада болмаўы иммунитеттиң төменлеп кетиўине себеп болады.

✔️Ҳәм ең әҳмийетлиси, перзентлерге тийисли муғдарда меҳир-муҳаббат берилген мақул. Оларды жақсы көриў тийис. Кейинги ўақытлары балларда усылар дефицит болып атырғаны ашынарлы ҳал. Оларға айрықша ўақыт ажыратып, олар менен ойнаў, бағларда, тәбият қушағында сейил етиў, түрли темаларда олар менен әңгимелесип отырыў – олардың иммунитетин әдеўир көтереди.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍9
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Жеке тәжирийбе баланы өмирге ҳәр қандай үгит-нәсияттан да жақсы тәрбиялайды

☝️Сонлықтан айырым жағдайдарда қандай да бир көнликпени ямаса жумысты бала өзбетинше ислеп үйренгени мақсетке муўапық.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍13
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
❗️Егер сиз турмысыңыз аўыр кешип атыр деп ойласаңыз, видеоны көрип және бир мәрте ойлап көриң.

Айырым мәмлекетлерде мектеп жасындағы балалар өз тамағын өзи табыўға мәжбүр. Себеби бул мәмлекетлерде кәмбағаллық емес ал ашаршылық күшейип баратыр.

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍31
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️АҚШ Президенти Трамптың өз перзентине балалығында қойған талаплары

Перзентиңиз тәрбиясы ушын керекли каналға ағза болың: @perzent_psixologiyasi
👍54
❗️Ҳурметли ўатанласлар, каналымыз бақлаўшылары ҳәм ағзалары!

Бүгиннен баслап @bala_psixologiyasi каналын жүргизиў тоқтатылады.

Ендигиден былай барлық бала психологиясына байланыслы мағлыўматлар @perzent_psixologiyasi каналына жайластырылады.

👉Сонлықтан, бала психологиясына қызығыўшыларды ҳәм перзентлериниң тәрбиясына бийпарық болмаған барлық ўатанласларымызды @perzent_psixologiyasi каналын турақлы бақлап барыўға шақырамыз!

🤗 Алдымызда режелеримиз, каналымыз ағзаларына жеткериўди нийет еткен жүдә пайдалы мағлыўматларымыз көп! 😇

🙏 Қолайсызлық жеткерген болсақ, кеширим сораймыз.

®️Ҳүрмет пенен, канал администрациясы.
👍83🙏2
2025/08/23 14:29:17
Back to Top
HTML Embed Code: